21-октябрь-өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн болып есапланады. Усы мүнәсибет пенен республикамыздың көплеген орынларында байрам илажлары өткерилмекте.

Усындай байрам кешеси Нөкис районындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында «Өзбек тили-миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетимиз тымсалы!» сүрени менен өткерилди.

Оған район ҳәкимлиги ўәкиллери, билимлендириў тараўы хызметкерлери, муғаллимлер ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты.

Онда Нөкис районы ҳәкиминиң руўхыйлық-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н. Утеков, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими бас қәнигеси К.Сәрсенбаевлар шығып сөйлеп, өзбек тилиниң мәмлекетимиз турмысында тутқан орны ҳәм атқаратуғын хызмети, соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик тилде ис жүргизиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Сондай-ақ, кешеде райондағы мектеп оқыўшылары ҳәм муғаллимлериниң дөретиўшилик мийнетиниң жемиси болған  «Aqmańǵıt ilhamları» топламының екинши китабын таныстырыў мәресими де болып өтти.

Онда белгили устазлар ҳәм жуўапкер қәнигелер тәрепинен  «Авангард-баспа» баспасында жарық көрген бул китапқа унамлы баҳа берилип, ҳәўескер қәлемкешлердиң алдағы дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы