Кеше Қытайдың Дальян қаласында футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы Қытай сайланды командасы менен өз-ара дослық ойынын өткерди.
Ойынның биринши таймында қытайлылар ҳүжимшиси Вей Шихао Өткир Юсупов дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.
Екинши таймға келип Өзбекстан сайланды командасы ағзалары тез-тез қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестире баслады. Усындай ҳүжимлердиң биринде қытайлылар Аббосбек Файзуллаевты қопаллық пенен тоқтатып қалды ҳәм бул жағдайды көрген ойын төрешиси пенальти белгиледи.
Бул пенальтиден Атабек Шукуров нәтийжели пайдаланды. Шукуровтың голынан соң еки команда ағзалары да бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин 86-минутта Жамшид Искандеров голға айландырды.
Солай етип Сречко Катанец басшылығындағы Өзбекстан миллий сайланды командасы бул ойында 2:1 есабында жеңиске еристи.
Ал, Ташкенттеги «Бунёдкор» стадионында өз ойынын өткерген Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан олимпия сайланды командасы египетли теңлеслери менен ушырасып, онда 1:2 есабында жеңилип қалды.
Бул ойында голларды өзбекстанлылар қурамында 27-минутта Алишер Адилов, египетлилер қурамында 73-минутта Билол Мазҳер ҳәм 90-минутта Зиёд Муҳаммад урыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы