Усы жыл 14-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Халықаралық аўыл ҳаяллары күнине бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Оған республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан нураний аналар, түрли кәсип ийелери болған белсенди ҳаял-қызлар  қатнасты.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 15-октябрь – Халықаралық аўыл ҳаяллары күни менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиӊ басшылығында  елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған кеӊ көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Бирлескен Миллетлер Шѳлкеми Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги резолюциясы менен 15-октябрь – “Халықаралық аўыл ҳаяллары күни” деп жәрияланды. Усы күни аўыллық жерлерде жасаўшы ҳаял-қызлардың машқалаларына итибар қаратыўға, атап айтқанда, олардың билим алыўы, мийнет етиўи ҳәм абадан турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятлар жаратыўға шақырды. Мине, соннан берли ҳәр жылы бул сәне дүньяның кѳплеген еллеринде халықаралық байрам сыпатында кең түрде белгиленип келмекте.

Әлбетте, аўыл ҳаялы ҳаққында сөз болғанда, ең дәслеп өзлериниң пидайы мийнетлери менен халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўге салмақлы үлес қосып киятырған әпиўайы, кеўли ашық, кишипейил ҳәм мийнеткеш ҳаял-қызларымыз көз алдымызға келеди. Әсиресе, бүгинги күнде елимиз экономикасында əҳмийетли орын тутатуғын аўыл хожалығын раўажландырыўда, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде ҳәм аўылларымыздың абаданлығын арттырыўда аўыл ҳаялларының тутқан орны айрықша саналады. Сонлықтан-да, аўыл ҳаялларын қанша ҳүрметлеп, оларға қанша ғамхорлық кѳрсетсек те арзыйды.

Бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланып үлгерди. Өткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, ҳаял-қызларымыздың турмысында оғада әҳмийетли болған өзгерислер менен жаңаланыўлардың жүз бергениниң гүўасы боламыз. Елимиз басшысыныӊ тиккелей итибары ҳəм ғамхорлығы менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар Нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Усы тийкарда ҳаял-қызларымызға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилди, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа-да тараўлардағы ҳаял-қызларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып келинбекте.

Атап айтқанда, өткен еки жыл даўамында “Ҳаял-қызларлар дәптери”не кирген 82 мыңнан аслам ҳаял-қыздың машқалаларын шешиў ушын 158,6 миллиард сум қаржы ажыратылды. Быйылғы жылдың өзинде “Ҳаял-қызларлар дәптери”не 55 мыңнан аслам ҳаял-қыз киргизилген болса, соннан бүгинги күнге шекем 46 мыңнан асламының машқалалары өзиниң унамлы шешим тапты. Сондай-ақ, быйылғы жылдың өзинде 43 мыңға шамалас ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 4 мың 825 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды. Исбилерменлик пенен шуғылланыўшы 21 мың 750 хаял-қызға 367 миллиард сумлық кредит ажыратылып, бундай қоллап-қуўатлаўлар еле даўам етпекте. Соның менен бир қатарда, қала ҳәм районлардағы жәрдемге мүтәж 70 ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленген болса, 268 ҳаял-қыздың турақ жайын оңлаўға әмелий жәрдем көрсетилди.














Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде елимизде аўыл ҳаялларын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды улығлаў илажлары жаңа басқышқа кѳтерилип бармақта. Аўыл ҳаялларына жоқары ҳүрмет ҳәм итибар сыпатында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ усы жыл 3-октябрь күнги илажлар бағдарламасы тийкарында бул сәнениң елимиз бойлап кең түрде белгиленип, аўыллық жерлердеги ҳаял-қызлар ушын түрли мәдений-мәнаўий илажлардың шѳлкемлестирилип, үйинде жатып қалған ҳәм емлеўханада даўаланып атырған аўыл ҳаялларының ҳалынан хабар алынбақта. “Бәрқулла итибардасыз!” сүрени астында социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар, нураный аналар медициналық тексериўден өткерилип, пахта жыйын-терими мәўсимине белсене қатнасып атырған ҳаял-қызларды хошаметлеў илажлары, аўыллық жерлерде, әсиресе, узақ ҳәм ең шетки аймақлардағы ҳаял-қызларға əмелий жәрдемлер кѳрсетиў ушын кѳшпели қабыллаўлардың ѳткерилип киятырғанын атап өтиў тийис.

Илажда байрам мүнәсибети менен түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған ҳаял-қызларға “Ардақлы нураний”, “Ибратлы ҳаял” көкирек белгилери ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Көркем өнер шеберлериниӊ атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге көтериӊки кейпият бағышлады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы