Усы жылдың 14-15-октябрь күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  Көркем өнер факультети, Көркем өнер кафедрасының реңли сүўрет бөлими студент-жаслары республикамыздың сулыў орынларының бири болған Кегейли районындағы Жалпақ жап МПЖ ға қараслы Шоқ тораңғыл аўылында алтын гүз пленэр әмелиятында болып келди.

Қоршаған орталықтың, ҳаўа райының, қуяш нурының тәсири менен картиналардағы көринислердиң байыўы ҳәм өзгерислери, пленэр деп түсиниледи. Ондай картиналар устаханада емес, ал тәбийғый қуяш нуры астында, тәбият қушағында дөретиледи.

Пленэр әмелияты жүдә мазмунлы ҳәм қызықлы өтти.

Әмелият даўамында студент-жаслар аўылдағы гүз пасылы көринислери сәўлеленген картиналар жаратты.

Әмелият даўамында Өзбекстан Көркем өнер дөретиўшилер аўқамының Қарақалпақстан бөлиминиң ағзалары А.Қудайбергенов, А.Жақсыбаев, Т.Сулайманов, Қ.Хожамуратов, Р.Баймурзаев, П.Абдиреймов және жас художниклерден Р.Ибраймов, И.Жарымбетовлар да қатнасып, студент-жасларға өз мәсләҳәтлерин берип барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги