Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди.

Бул пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бойынша ҳуқықый ҳүжжети жоқ турақ жайларға ҳуқықый ҳүжжетлериниң тиклеп берилиўинде көрсетилген көшпес мүлк объектлер ҳаққындағы мағлыўматларды UzKad мәлимлеме  системасына сапалы киргизиў мақсетинде үлги ретинде Хожели ҳәм Тақыятас районларында қайта хатлаў жумыслары алып барылмақта.

– Усы ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларға меншик ҳуқықы,  жер участкасына ижара ҳуқықы берилгенлиги ушын бир мәртелик жыйым муғдарын белгилеў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли қарары қабыл етилди,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Сардор Урунбаев.

Усы қарарға бола, турақ жайлар жайласқан жер участкасына болған ижара ҳуқықы тән алынғанлығы ушын бир мәртелик жыйым төмендегише белгиленген.

Нөкис қаласында – БЕМ муғдарының үш есеси,  басқа районларда – БЕМ муғдарының бир есеси муғдарында есапланады. Ал,  «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар бир мәртелик жыйымларды төлеўден азат етиледи.

Пәрман бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы,  Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшыларының қатнасыўында Хожели ҳәм Тақыятас районлары ҳәкимликлеринде ушырасыўлар шөлкемлестирилип, пәрман және оның орынланыўы бойынша райондағы штаб жуўапкерлери,  мәкеме ҳәм шөлкем қәнигелери тәрепинен турақ жайларға мүлк ҳуқықын тән алыўда тийисли жуўмақларды орнатылған тәртипте районлық ҳәм Республикалық штабқа усыныў жағдайлары додаланды.

Хатлаў жумысларын жеделлестириў ҳәм сапалы жуўмақлаў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы филиалының қәнигелери,  Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларынан қәнигелер қосымша жумсалып, бүгинги күнде хатлаў жумыслар қызғын даўам етпекте.

Мағлыўмат ушын,  Хожели районында 28 мәҳелледе жәми 23726 турақ жай болып, соннан бүгинги күнде 93 процентке,  Тақыятас районында жәми 14 мәҳелледе 12837 турақ жайлар болып,  бүгинги күнде хатлаў жумыслары 97 процентке  орынланды.

Ҳәзирги күнде турақ жайларға ҳуқықый ҳүжжетлериниң тиклеп берилиўинде көрсетилген көшпес мүлк объектлер ҳаққындағы  мағлыўматларды UzKad мәлимлеме системасына сапалы киргизиў жумыслары алып барылмақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.