“Шаңарақ”  илимий, социал, гуманитар ҳәм жаслар басламалары орайының “Бахытлы шаңарақ” жойбары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған социаллық буйыртпалар таӊлаўында жеңимпаз болған еди.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласында социаллық буйыртпа жойбары шеңберинде әмелге асырылған жумыслардың  (2022-жыл октябрь – 2023-жыл сентябрь) жуўмағына бағышланған мәжилис болып өтти. Онда “Шаңарақ” илимий социал гуманитар хәм жаслар басламалары орайының баслығы, “Бахытлы шаңарақ” жойбарының басшысы Марат Утепбергенов жыйналғанларға бул жойбардың әҳмийети, мақсет ҳәм ўазыйпалары, әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўмат берди.





Атап өтилгениндей, Нөкис қаласында бүгинги күни 71 мәкан пуқаралар жыйыны болса, соннан жойбар шеңберинде 64 мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, тынышсыз ҳәм ажырасыў жағдайына келип қалған шаңарақлар менен кең көлемдеги үгит-нәсият жумыслары алып барылды.  Бул жумысларды биргеликте алып барыў мақсетинде жойбар басланған жылы Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў комитети, Қарақалпақстан Республикасы суды, Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен меморандумлар дүзилди. Соның ишинде  Нөкис қаласы  Мәҳәлле ҳәм шаңарақ бөлими менен биргеликте аймақтағы 64 мәкан пуқаралар жыйынының баслықлары ҳәм мәҳәлле белсендилери менен әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша ушырасыўлар өткерилди. Сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў темасында сәўбетлер ҳәм семинарлар шөлкемлестирилди.

Мағлыўматларға нәзер таслайтуғын болсақ, 2022-жылдыӊ 6 айы даўамында Нөкис қаласында 228 шаӊарақ ажырасқан болса, быйылғы жылдың усы дәўиринде бул көрсеткиш 195 шаңарақты қурайды. Жойбарды әмелге асырыў барысында  бул шаңарақлардың ажырасыў себеплери ҳәр тәреплеме үйренип шығылды. Оларды сақлап қалыў илажлары көрилди. Соннан “Шаңарақ”  орайы тәрепинен 60 тан аслам шаӊарақтыӊ ажырасыўыныӊ алды алынып, олардың жарастырылыўына ерисилди. Соның ишинде, Шымбай шайхана, Ақ жағыс, Жеке терек мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында унамлы жумыслар алып барылып,  ажырасыў жағасындағы шаңарақлар жарастырылды.

–Ҳақыйқатында да, бул жойбар аймақларымызда шаңарақлардағы ажырасыўлардың алдын алыў, ажырасыў алдында турған шаңарақларды жарастырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды,–дейди Нөкис қаласындағы Ақ жағыс мәкан пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Гүлхан Жақсымуратова–Әсиресе, қәнигелердиң қатнасында шаңарақлардың муқаддеслиги бойынша өткерилген семинарлар жасларымызда айрықша тәсир қалдырды. Усының нәтийжесинде өткен жылға салыстырғанда ажырасыўлардың саны азайып, ажырасыў алдында турған 4 шаңарақты жарыстырыўға еристик. Бундай жойбарлар алдағы ўақытларыда даўам еттирилсе, мақсетке муўапық болар еди.

Илаж соңында жойбарды әмелге асырыўға белсене  қатнасқан ҳаял-қызлар белсендилерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен Алғыснамалар тапсырылды.




Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.