Гүз мәўсими үлкемизде  тийкарынан аўыл хожалығы егинлерин жыйнап-терип алыў дәўири болыў менен бирге, айырым терек ҳәм дақылларды егиў ўақты болып та есапланады. Әсиресе, республикамызда бул мәўсимде гүзлик бийдай, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери, пияз ҳәм чесноклар көплеп егиледи.

Тахтакөпир районы Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Искендер-тахта» фермер хожалығы егислик майданларында  пияз ҳәм чеснок өнимлерин жетистириў бойынша семинар болып өтти.

Семинарға райондағы сектор басшылары, фермерлер ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.





Онда район ҳәкими Ж.Адилов,  Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Қ.Нурымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, халқымызды бәҳәр айларында мийўе-овощ өнимлери менен тәмийинлеў, ишки базарларда баҳалардыӊ өсип кетиўиниӊ алдын алыў  ҳәм экспорт көлемин арттырыў,  сондай-ақ, бүгинги күни егиў мүмкиншилиги болған тоқсанбасты усылындағы егинлерди егиў усыллары бойынша пикир-усынысларын билдирип, пияз бенен чеснок егинлерин сапалы егиў бойынша өз-ара мәсләҳәтлести.

Сондай-ақ, илажда фермерлер тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, оларға тийисли жуўап берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы