2023-жылдың январь-сентябрь айларында ПҲАЖ уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасында 716 885 тири туўылыў жағдайлары анықланған.
Бул ҳаққында Статистика агентлигиниң дәслепки мағлыўматларында айтылады.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 5,1 процентке көбейген.
2023-жылдың 9 айында туўылғанлардың 371 597и ул балалар, 345 288 и қыз балалар болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги