Химия бойынша, 2023-жылғы Нобель сыйлығы илимпазлар Мунги Бавенди (Массачусетс университети, АҚШ), Луи Брюс (Колумбия университети, АҚШ) ҳәм Алексей Екимовқа (Nanocrystals Technology, АҚШ) квант ноқатларының ашылыўы ҳәм синтези бағдарындағы жумыслары ушын тапсырылды.
«Квант ноқатлары оғада көп қызықлы және өзгеше қәсийетлерге ийе. Олар өлшемине қарап түрли реңде болады», — дейди химия бойынша Нобель комитети баслығы.
Буған шекем америкалы илимпазлар Каталин Карико ҳәм Дрю Вайсман медицина ҳәм физиология бағдарларында быйылғы Нобель сыйлығы ийелери болған еди. Олардың ойлап табыўы қысқа ўақыт ишинде «COVID-19»ға қарсы нәтийжели mRNK вакциналарын жаратыўға имканият берди. Бул басқа көплеген қәўипли кеселликлер, сондай-ақ, ОИВ ҳәм рак кеселлигиниң алдын алыўға жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги