Бүгинги дүнья глобалласыў деп аталған жоқары темптеги информация, жедел ағыслы интернет ҳәм күшли идеологиялық басымлар тәсиринде шайқалып турған ушан кемеге уқсайды. Усындай сынақлы ўақытта бизиӊ жанажан Ўатанымыз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Сизлердей пидайы устаз-тәрбияшылары ғамхорлығында өсип атырған от жүрекли жаслары менен Жаӊа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессанс деп аталған алтын дәўирге өзиниӊ исенимли ҳәм шыйрақ қәдемлери менен кирип бармақта. Усындай әдиўли ислерде Сизлердиӊ де үлесиӊиз бар екенлиги бизди қуўандырады. Биз Сизлердиӊ бүгинги күнде мәмлекетимизде жедел пәтлер менен алып барылып атырған түпкиликли реформалардыӊ Бас архитекторы болған Ҳүрметли Президентимиздиӊ уллы ислеринде беккем белбеў ҳәм қол-қанаты болып турғаныӊыз бенен мақтанамыз.
Муғаллим ҳәм устазлар – студентлердиӊ илим ҳәм билимлендириў саласындағы жол көрсетиўши жулдызлары болса, ал Сизлер жоқары оқыў орнындағы жаслар менен ислесиў, руўхый-ағартыўшылық тәрбия тараўыныӊ қолы гүл бағманларысыз. Сизлердиӊ ислеп атырған еӊбеклериниз онша көзге көрине бермейтуғын майда ис болып түйилиўи мүмкин, бирақ билгенге ийне менен қудық қазғандай машақатлы ҳәм саўаплы ис. Себеби, Сизлер студентлердиӊ күни-түни жасаў жағдайынан хабардар болып туратуғын, олардыӊ оқыўға, жәмийетлик жумысларға, руўхый-ағартыўшылық илажларға белсене қатнасыўын тәмийинлеўге жуўапкер болған тепериш ҳәм сергек инсанларсыз.
Ҳүрметли тьюторлар!
Сизлерди «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» кәсиплик байрамыӊыз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Сизлерге беккем ден-саўлық, шаңарағыңызға аманлық ҳәм бахыт-саадат, келешегимиз қурыўшылары болған жасларымызды кәмил инсан сыпатында тәрбиялаў жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

 

Б.Есемуратова,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультетиниӊ тьюторы