Усы жылдың 28-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ресурс орайында «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»на бағышланып «Сапалы тәлим-тәрбия – бас мақсетимиз» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Кешеде Президент стипендиясы ийеси, Тарийх қәнигелигиниң 1-курс магистранты, «Үлгили жаслар клубы» қурамындағы «Жас илимпазлар» дөгереги лидери Х.Утемуратова өзиниң илим ҳәм билимлендириўге байланыслы таярлап келген презентациясы менен шығып сөйлеп,  жыйналғанларға өзиниң оқыў дәўиринде қолға киргизген жетискенликлери ҳаққында айтып өтти.

Кешеде сондай-ақ,  Тарийх факултети тюторлары Б.Есемуратова ҳәм Г.Есбогановалар шығып сөйлеп, тәлим-тәрбияның кәмил инсанды қәлиплестириўдеги орны ҳәм әҳмийети ҳаққында баҳалы пикирлери менен ортақласты.

Кеше даўамында мәлимлеме ресурс орайы хызметкерлери,  университеттиң Тарийх факултети тюторлары ҳәм 1-курс студентлери,  сондай-ақ,  кешеге мийман сыпатында қатнасқан Өзбекстан Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейи оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары күн тәртибиндеги мәселе бойынша өз-ара пикир алысты.

 

 

Г.Есбоганова,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети,

Тарийх факултетиниң тюторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги