Халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў ушын ислеп атырған жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде Қараөзек районы «Қараөзек» посёлкалық пуқаралар жыйынының баслығы Аманбай Темирхановтан мағлыўматлар алдық.

-Жыйын аймағында  бүгинги күнде  440 шаңарақ болып, оларда 2073 пуқара жасайды. Қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланып атырған ең үлгили Тоғызбай Өтемуратов, Оразгүл Қурбанова, Абылла Сарыбаевлардың шаңарақлары өзлериниң 8 сотих жер майданына пияз, помидор, картошка, гешир ҳәм т.б. палыз егинлерин егип алмақта. Ҳәттеки, қоңсыларына үлги болмақта, – дейди мақтаныш пенен жыйын баслығы А. Темирханов.- Әсиресе, Азат Абдижамиловтың шаңарағы ҳәўес етсе арзыйтуғын, адамлар оннан өрнек алатуғындай шаңарақ десем асыра айтқан болмайман.  Ол өзиниң жер майданына, егилетуғын нәллерди өзиниң ыссыханасында жетистирди. Палыз егинлеринен басқа мийўе нәллери менен де атызы бағқа айланған.

Шаңарақ ийеси ҳүрметли  мийнет дем алыста болыўына қарамастан, мийнет етиўден ҳеш қашан жалықпайды. Ол бағманлық пенен дийқаншылықты өзиниң сүйикли кәсибине айландырған.

-Қыйтақ жер-қосымша дәрамат дәреги, деген гәпте жан бар,-дейди мақаламыз қаҳарманы.

– Ыссыханада нәл жетистириў, егин егиў менен шуғылланып атырғаныма 3 жылдан асламырақ ўақыт болды. 1 сотих жерге өткен жылдың сентябрь айында чеснок еккенмен. Ҳәзир гүллеп атыр. Шаңарақта 7 адам турамыз. Нөкисте жасайтуғын балаларым ҳәм ақлықларым да дем алыс күнлери үйге келиўге асығады. Ҳәмме шаңарақ ағзалары усы жер менен ислесемиз. Көп ўақтымыз атызда өтеди. Жерге қанша меҳир берсең, оның менен тиллессең, ислессең, жемисин аямайды, Ол сени, халықты бағады.  Быйыл ыссыхананың топырағын алмастырдық. Жер сүретуғын жеке меншик минитрактор сатып  алдық.

Азат Абдижамилов пал ҳәррешилигине де қызығады екен. Оның 20 ящик пал ҳәрреси болып, оны бәҳәр мәўсиминде мийўели тереклерди шаңландырыўда пайдаланады екен.

Оның атызында ырғалысқан 10 түп алма,  10 түп ерик, 3 түп шийе,  5 түп алмурт,  30 түп жүзим,  2 түп лимон тереги ертеңги мол зүрәәттен дәрек береди.

Шаңарақ ийеси дийқаншылық пенен бир қатарда қусшылық ҳәм түйешилик пенен де шуғылланады екен. Атап айтқанда, ол жүз бас шайтан таўық, он бас түйе таўық, он бес бас үйрек, сондай-ақ, бизиң аймағымызда сийрек ушырасатуғын он сиксарки қусын бақпақта.

Оның он түйеси болып, халықты шубат пенен тәмийинлеп, халықтың алғысына миясар болмақта.

Азат Абдижамилов қосымша дәрамат есабынан «Cobalt» автомашинасын алғанын мақтаныш пенен атап өтти.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы