Мәмлекетимизде кейинги 7 жыл даўамында ҳәр жылы 55 ҳәм оннан үлкен жастағы халықты 100 процент медицина профилактикалық тексериўден өткериў ҳәм емлеўге үлкен итибар қаратылады. Бул ҳаққында «Өзбекстан — 2030» стратегиясында белгиленбекте.
Сондай-ақ, 40 ҳәм оннан жоқары жастағы халық арасында физикалық белсендилик үлесин 2 есеге арттырыў белгиленген.
Пуқаралар арасында дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша төмендегилер көзде тутылмақта:
— 5 жасқа шекемги балалар арасында бой өсиўиниң кешигиўи бар, салмақ жетиспеўшилиги ҳәм артықша салмаққа ийе болғанлардың үлесин 2 есеге азайтыў;
— Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери қурамында трансмай, дуз ҳәм қумшекер муғдары көп болған өнимлерди алып кириў, таярлаў ҳәм оларды сатыўды пүткиллей шеклеў.
Сондай-ақ:
— нормасынан артық дуз қабыл ететуғын халықтың үлесин 32 процентке;
— жетерлише физикалық белсендиликке ийе болмаған халықты 22 процентке;
— артықша салмаққа ҳәм семизликке ийе үлкен жастағы халықты 32 процент ҳәм 23 процентке азайтыў мөлшерленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги