2023-жылдың январь-июль айларында туристик агентликлер, туроператорлардың хызметлери, броньлаў етиў ҳәм оның менен байланыслы басқа хызметлердиң көлеми 377 млрд сумды қураған.

Бул ҳаққында Статистика агентлиги мағлыўмат берди.

Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 5,8 процентке көбейген.

Туристик агентликлер, туроператорлар хызметлери, броньлаў етиў ҳәм оның менен байланыслы басқа хызметлердиң көлеми қурамында Ташкент қаласының үлеси 64,8 процентти қурады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги