Орайлық банк басқармасында өткерилген мәжисилисте тийкарғы ставка 14 процент дәрежесинде өзгериссиз қалдырылды.

Жаз айлары басыдағы белгили төменлеўден соӊ август айында жыллық инфляция 9 процентке теӊ болды. Азық-аўқат ҳәм азықлық емес- аўқат товарлары топарларында инфляцияныӊ дерлик өзгермегени шараятында хызметлер тараўында баҳалардыӊ артыўыныӊ 8,2 проценттен 8,5 процентке тезлесиўи инфляция артыўыныӊ факторларынан бири болды.

Базалық инфляция күтилгенинен де әстен пәтте төменлеп, жыллық 10,7 процентти қурады. Ҳәзирги ўақытта, базалық инфляцияныӊ төменлеўи тенденциясы турақлы түрге енбекте.

Халықтыӊ келеси 12 ай ушын инфляциялық күтимлери тренд бағдарын өзгертип, 14,2 процентке артты. Исбилерменлик субъектлериниӊ күтимлеринде де уқсас тенденция бақланып, 14,4 процентке теӊ болды.

Респондентлер тәрепинен күтимлер артыўыныӊ тийкарғы факторлары сыпатында вальюта курсыныӊ өзгериўи, жанар май ҳәм энергия баҳаларыныӊ артыўы сыяқлы факторлар атап өтилген.

 

                                                                                                                  ӨзА