Келешегимиз ийелерин ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды Қураллы Күшлер қатарында мүддетли әскерий хызметке қамтыў ҳәм әскерий тараўға болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерий бөлими, Қорғаныў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги хызметкерлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасының барлық районларындағы жаслар жетекшилериниң қатнасыўында конфренция болып өтти.

Конфренцияда мүддетли әскерий хизметти өтеў ушын таңлап алыў илажларының сапалы әмелге асырылыў зәрүрлиги, жасларды мәҳелле кесиминде үйренип барыўдың әҳмийети, талабанларды медициналық тексериўден өткериў процесиниң зәрүрлиги, соның менен бирге, Шегара әскерлери қатарында мүддетли әскерий хизметти өтеў мәселелерине кең түрде тоқтап өтилип,  өз-ара бирге ислесиў мәселелери келисип алынды.

Конфренция даўамында жаслар жетекшилери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм оларға бир қанша  ўазыйпалар жүкленди.

Ҳ. Қдирбаева,

МҚХ Шегара әскерий бөлими хизметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги