Қарарға бола, 2024-жыл 1-январьдан:

— онкогематологиялық кеселликлерге шатылған балалар ушын гемотопоэтиялық жилик майы өзек клеткалары трансплантациясы әмелияты енгизиледи;

— вируслы гепатиттиң «С» түри менен кеселленген наўқасларды ҳәм гемотопоэтиялық жилик майы өзек клеткалары трансплантациясы бойынша емлениўге мүтәж онкологиялық кеселликлерге шатылған балаларды толық Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери есабынан емлеў жолға қойылады.

2023-жыл 1-октябрден аўыр турмыслық жағдайға түскен ямаса түсиў қәўипи жоқары болған ҳәр бир шаңарақ бойынша өз алдына «социаллық хызмет жумысы»н жүргизиў тәртиби енгизиледи.

2024-жыл 1-январьдан:

— Ташкент қаласының медицина орынларында мәмлекет тәрепинен кепилленген тәртипте бийпул медициналық хызметлер көлеми ҳәм дәри қураллары дизимин әмелиятқа киргизиўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери басқышпа-басқыш енгизиледи;

— майыплығы болған шахсларды протез-ортопедия буйымлары, реабилитация ҳәм дәри қураллары менен тәмийинлеў жумыслары «ваучер» системасы тийкарында бериледи;

— аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды қайта кәсипке таярлаў қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў тәртиби енгизиледи.

Қарар менен «Өзбекстан – 2030» стратегиясының ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шәраятлар жаратыў бағдары бойынша 2023-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси тастыйықланды.

Онда, сондай-ақ, төмендегилер нәзерде тутылған:

— мектеплерде 1-кластан компьютер бойынша саўатлылық сабақларын енгизиў;

— 5 мыңға шекем профессор-оқытыўшыларды тәжирийбе алмасыў ушын, 200 ге шекем жас илимпазларды илимий дәреже алыў ушын таңлаў тийкарында сырт ел илимий шөлкемлерине жибериў;

— Бухара қаласында Жәдидлер музейин шөлкемлестириў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги