Быйыл 9200 гектар жерге шигит еккен Елликқала районының дийқан, фермерлери, бир тегис өнип шыққан ғаўаша нәллерине агротехникалық қәделерге сай  тәрбия бериўи нәтийжесинде атызларда мол зүрәәт топланыўына ерисилди.

Усы жетистирилген өнимниң бир де ханасын зая етпестен жыйнап терип алыў болса, бүгинги күни дийқанларымыз алдында турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

«Бостан кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пахта қабыллаў ҳәм тазалаў кәрханасында район басшылары ҳәм аўыл хожалығы хызметкерлериниң қатнасыўында пахтаны жыйнап-терип алыў ҳәм оны қабыллаў пунктлерине сапалы тапсырыўға бағышланған көргизбели семинар өткерилди.

Онда район ҳәкими Сейдамат Авезов ҳәм басқалар дийқанлардың маңлай тери менен жетистирилген зүрәәтти өз ўақтында ҳәм қысқа мүддетлерде жыйнап алыў, теримшилерге қолайлы мийнет шараятын жаратыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Район дийқанларының быйылғы жылдан күткен жақсы нийетлери әмелге асыўына өзлериниң жақсы тилеклерин айтып, алдынғы фермерлерге арнаўлы саўғалар тапсырды.




Соны да айтып өтиўимиз керек, быйылғы жылы районда пахта-жыйын теримине қатнасыў ушын 163 теримшилер отрядлары шөлкемлестирилип, оған 16973 теримшилер бириктирилген.

Әйне күнлери районда пахта терими қызғын басланып кетти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы