Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-май күни мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Түркия Республикасы Уллы миллет мәжилисиниң баслығы Нуман Куртулмуш басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыў алдынан Түркия парламентиниң баслығы мәмлекетимиз басшысына Президент Режеп Таййип Эрдоғанның қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан-Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жоқары басқышы, барлық дәрежеде жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестициялық көрсеткишлер өспекте, биргеликтеги жойбарлар ҳәм кәрханалар, авиақатнаўлар саны артып бармақта. Еки мәмлекетте биргеликтеги мәдений илажлар өткерилмекте.
Өзбекстан ҳәм Түркияның нызам шығарыўшы уйымлары арасында нәтийжели байланыслар жолға қойылған.
Парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, Өзбекстан-Түркия бирге ислесиў күн тәртибин қәлиплестириўде ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлер орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеўде дослық топарлары ҳәм тийисли комитетлердиң жедел қатнасыўы әҳмийетли екени атап өтилди.
Инвестициялық бағдарламаларды алға қойыў, туризм, исбилерменлик ҳәм билимлендириў алмасыўларын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылды.
Халықаралық структуралар, атап айтқанда, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги парламентлераралық бирге ислесиў перспективалары да додаланды.
ӨзА