Бул сораўға энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов жуўап берди.

“Ҳәзир жәрияланған жойбарда тек физикалық тәреплер ушын жаӊа тарифлер белгилениўи нәзерде тутылған, бирақ халық ушын баҳалар өзгертилмей атыр.

Халық ушын дифференцияластырылған тарифлерди белгилеўден алдын еӊ дәслеп үзликсиз электр энергиясы жеткерип бериўди тәмийинлеўимиз керек. Яғный баҳа артса, бирақ электрде үзилислер бола берсе, халықтыӊ наразылықларына себеп болады. Усы себепли бизлер ҳәзир генерацияларды  арттырыў, тармақларды модернизациялаў жумысларын жеделлестиргенбиз.

Егер үзликсиз электр энергиясын жеткерип бериўди тәмийинлей алсақ ғана, халық ушын электр энергиясында дифференцияластырылған тарифлерди  2024-жылдыӊ 1-майынан енгизиў бойынша жойбарларды Ҳүкиметке киргизиўди режелестирип атырмыз. Бирақ, бул сол күннен баслап баҳалар артады, дегени емес, ҳәзирше барлығы тек ғана жойбар.

Дифференцияластырылған тариф дегенде белгиленген “социаллық норма”дан көп электр тутынып атырған, айтайық үйинде бассейн, саунасы, көплеген хожалық техникалары бар шаӊарақлар, яғный салыстырмалы бай ҳәм өзине тоқ шаӊарақлар ушын баҳалар артады, деген сөз. Ҳәзир халықтыӊ 15 проценти айына 300 kW•сааттан артық электр энергиясынан пайдаланады. 75 процент халықтыӊ тутыныўы 200 kW•сааттан артпайды”, — деди энергетика министри.

ӨзА