“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен “Абат мәҳәллем” атамасындағы грант жойбарының ис режесине муўапық Беруний мәкан пуқаралар жыйынында қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде  ушырасыў болып өтти.

Оған район орайындағы, оның әтирапындағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, жойбардың тийкарғы мақсети– қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар менен биргеликте жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў, халықтың экологиялық билимлерин арттырыў мақсетинде ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, таңлаўлар шөлкемлестириў, аймақларды абаданластырыў  ҳәм көклемзарластырыў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ислерине үлес қосыў болып табылады.

Ушырасыўда районлық Қамбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң қәнигелери, пуқаралар жыйынларының баслықлары шығып сөйлеп,  қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм олардың абаданластырыў жумысларына белсене қатнасыўынн тәмийинлеў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги