Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм система шөлкемлери санлы трансормация жағдайын рейтинг баҳалаўда жоқары орынларды ийеледи

Санлы технологиялар министрлигине қараслы Санлы ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы тәрепинен мәмлекетлик шөлкемлердиң санлы трансформация жағдайын рейтинг баҳалаўға байланыслы 2023-жылдың биринши ярым жыллық нәтийжелери жәрияланды.

Оған бола, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги 77,51 балл ҳәм министрликке қараслы Мектепке шекемги билимлендириў агентлиги 72,31 балл топлап, жоқары нәтийжелерге еристи.

Мағлыўмат ушын: Бул баҳалаў системаларына мәмлекетимиздеги 95 мәмлекетлик шөлкемлер қамтып алынған.

Баҳалаў ислери 5 бағдарда әмелге асырылған:

Ашықлық ҳәм электрон қатнас;

Электрон мәмлекетлик хызметлери;

Информация қәўипсизлиги;

Жумыстың санластырыў системасы;

Шөлкемлестириў мәселелери.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги