Қурылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы министрлигиниӊ биринши орынбасары  Шерзод Ҳидоятов Қубла Корея орайластырылған ыссылық тәмийнаты корпорациясы (КДҲС) ўәкиллерин қабыллады. Ушырасыўда  ыссылық тәмийнаты тараўында еки тәреплеме бирге ислесиў мәселеси додаланды.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, мәмлекетимиз ыссылық тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 2022-жыл 6-июньда КДҲС корпорациясы менен бирге ислесиў бойынша келисим меморандумына қол қойылған еди.

Ушырасыўда журтымыздағы 4 ыссылық тәмийнаты объектлерин модернизациялаў жойбары ҳәм оны әмелге асырыў бойынша “жол картасы”ни слеп шығыў мәселелери додаланды. Соныӊ менен бирге, орынларға шығып техникалық-экономикалық тийкарлаў ҳүжжетлери ушын дәслепки үйрениў жумысларын өткериў мәселелри көрип шығылды. Сондай-ақ, жойбардыӊ экономикалық тәреплери, Өзбекстанда Кореяныӊ халықаралық бирге ислесиў (КОИСА) ҳәм Корея саўда ҳәм инвестицияларға жәрдемлесиў (КОТРА) агентликлери тәрепинен ажыратылыўы күтилип атырған грантлар мәселеси ҳаққында сөз болды.

Илажда Курылыс ҳәм турақ-жай коммунал хожалығы министриниӊ биринши орынбасары Шерзод Хидоятов жойбарды әмелге асырыў мүддетине тоқтап өтер екен, белгиленген ыссылық кәрханаларында модернизация процесслери 2024-2027-жылларға мөлшерлениўи керек екенлигин атап өтти.

Өз-ара конструктивлик руўхта өткен ушырасыў жуўмағында КДҲС ўәкиллери Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятлары ыссылық кәрханаларында техникалық- экономикалық тийкарлаў хүжжетлери ушын зәрүр болған дәслепки сораўнамаларды өткериў, соныӊ менен бирге, бул процесске министрлик қәнигелерин тартыўға келисип алынды.

Бирге ислесиўден күтилип атырған нәтийжелерге тоқталатуғын болсақ, Өзбекстанда жайласқан 4 ыссылық тәмийнаты кәрханалары ҳәм ыссылық тәмийнаты системасы Корея тәжирийбеси тийкарында модернизацияланады. Және де, мәмлекетимиз ыссылық тәмийнаты кәрханалары қәнигелериниӊ Кореяда орайласқан ыссылық тәмийнаты ҳәм орайласқан суўытыў системаларыныӊ жумысы менен танысыў арқалы тәжирийбесин арттырыўы белгиленген.

 

                                                                                               ӨзА