Усы жыл 7-10-сентябрь күнлери Хорезм ўәлаятыныӊ Хийўа қаласындағы Ийшан қала тарийхый комплексинде халықаралық Этноспорт фестивалы болып өтеди.

Биринши мәрте өткерилп атырған бул фестиваль жер жүзилик Этноспорт конфедерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Фестивальда 63 мәмлекеттен жәми 1884 қатнасыўшы, соныӊ ишинде, 928 сырт елли ҳәм 956 жергиликли қатнасыўшылардыӊ келиўи күтилмекте.

Илаж даўамында, салтанатлы ашылыў мәресими, аспазлар беллесиўи,  қаўын сейили, өнерментлер көргизбеси, бахадырлар ойыны, тас көтериў ҳәм мас рестлинг сыяқлы беллесиўлер бойынша 3-жәҳән чемпионаты, сондай-ақ, белбеўли гүрес бойынша халықаралық турнир, туран жеке гүреси, ат спорты, оқжайдан атыў ҳәм қус аўлаў сыяқлы беллесиўлердиӊ көргизбелери, 12 түрли миллий халық ойынлары өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги