Президент Шавкат Мирзиёев 5-сентябрь күни Жаңа Ташкент қаласының Бас режесиниң жойбары менен танысты.

Ҳәзирги күнде Ташкент қаласында жасап ҳәм ислеп атырған халықтың саны дерлик 5 миллионды қурамақта. Көплеген турақ жайлар, мәкемелер қурылып, инфраструктура тармақларына жүклеме артпақта. Соған қарамастан, және жылына 20 мың квартиралы турақ жайлар, 40 тан аслам мектеп, бақша, поликлиника қурыўға талап бар. Урбанизация пәтинен келип шығылса, жақын жылларда халықтың саны және де көбейеди.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәселени айрықша итибарға алып, Ташкентти раўажландырыў режелерин 15-20 жыл алдынан белгилеў ўазыйпасын қойған еди. Соннан келип шығып, қаладан тысқарыда, заманагөй архитектура жетискенликлери тийкарында жаңа орай қурыўға кирисилди.

Усы жылы 20-июльде Жаңа Ташкент қаласын қурыў илажлары бойынша Президент қарары қабыл етилди. Оған муўапық, Бас министрдиң басшылығында Жаңа Ташкентти қурыў жумысларын муўапықластырыўшы кеңес дүзилди ҳәм дирекция шөлкемлестирилди. Қурылыс ҳәм турақ-жай коммуналлық хожалығы министрлигинде бул жойбарға жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизилди.

Бул үлкен жойбар ушын Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық ҳәм Орта Шыршық районларынан 19 мың 720 гектар жер таңлап алынған. Биринши басқышта 2,5 мың гектарда 100 мың халық ушын турақ жайлар ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў режелестирилген. Дирекция тәрепинен жетекши сырт ел компаниялары тартылып, раўажланған еллерде табыслы сынақтан өткен әмелиятлар тийкарында Бас реже, тармақ режелери ҳәм мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылмақта.

«ТашкентбаспланЛИТИ» мәмлекетлик унитар кәрханасында Бас реже жойбарының презентациясы өткерилди. Қурылыс ҳәм турақ-жай коммуналлық хожалығы министриниң орынбасары – «Жаңа Ташкент қаласын қурыў дирекциясы» директоры аймақты инфраструктура менен тәмийинлеў, жол ҳәм көпирлер қурыў мәселелери, инженерлик, қала қурылысы ҳәм архитектура шешимлери бойынша мәлимлеме берди.

Жойбарда жасыллық, қолайлық ҳәм үнемлиликке айрықша итибар қаратылған, жедел экономика ҳәм социаллық турмыс бейимлестирилген, транспорт тармақлары пайтахтымыз бенен ақылға уғрас байланысқан.

Улыўма айтқанда, Жаңа Ташкент «ақыллы» ҳәм «бағ қала» болыўы нәзерде тутылмақта. Ҳәкимшилик орайда мәмлекетлик уйымлар, Жаңа Өзбекстан университети, китапхана, тарийх музейи, мәденият сарайлары жайласады. Сондай-ақ, қалада исбилерменлик ҳәм инновациялық районлары, билимлендириў, медицина ҳәм туризм кластерлери болады. 420 гектар майданда орайлық бағ, кварталлар арасында жасалма канал ҳәм көллер, Шыршық ҳәм Қарасуў дәрьялары бойында сейил етиў орынлары шөлкемлестирилип адамлардың дем алысы ушын сулыў шараятлар жаратылады. «Ташкенттиң жасыл белбеўи» жойбары усы жерден басланады.

Бул компонентлер жойбары Сингапур, Англия, Қытай, Германия, Түркия, Нидерландия, Қубла Корея, БАӘ сыяқлы мәмлекетлердиң 20 алдыңғы компаниясы тәрепинен ислеп шығылмақта. Мәмлекетимиз басшысы инфраструктура тармақларын алдыңғы стандартларға бейимлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Отыз еки жыллық ғәрезсиз тарийхымызда биринши мәрте бундай қала қурып атырмыз, оған дүньядағы алдыңғы компанияларды тартып атырмыз. Бирақ, биздеги тараўлар, стандартлар оған сәйкес пе? – деп сораў қойды Шавкат Мирзиёев. – Олар заманагөй жойбарлар менен үнлес болыўы керек. Соның ушын қурылыс, энергетика, коммунал, экология, ирригация, транспорт сыяқлы барлық тийисли тараўлардағы нызамларды, стандартларды дүньяның ең жоқары талапларына муўапық жетилистириў зәрүр.

Президент Бас реже тийкарында жылдың ақырына шекем толық жойбарлаў жумысларын жуўмақлаў, биринши басқыш имаратлары бойынша жойбарлаўшы ҳәм қурылысшы кәрханаларды анықлаў бойынша көрсетпелер берди.

– Не ушын бул жойбарды асықпастан, қайта-қайта көрип атырмыз? Бул қала жүз жыллар халыққа хызмет етиўи керек. Адамлар биринши орында болыўы, келешектеги қурылыслар да инабатқа алыныўы зәрүр. Биринши басқыш толық қурылса, мектеп болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Болажақ имаратлар ҳәм инфраструктура эксплуатациясын ҳәзирден ойлаў, бул бойынша қәнигелер таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА