Нызамшылыққа бола, төмендегилер әмелге асырылады:

— мектеп директорына өз орынбасарларының жумысқа қабыл етиў ҳәм жумыстан босатылған, ажыратылған улыўма саатлар шеңберинде оқыў жобаларына 15 процентке шекем өзгерис киргизиў мәселелрин жеке өзи шешиў ҳуқықы бериледи;

— район (қала) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң мектеп искерлигин тексериў ҳәм тәлим сапасын баҳалаў бойынша ўәкилликлери бийкар етиледи;

— аймақларда ең тәжирийбели мектеп директорларынан ибарат Директорлар кеңеслери дүзиледи;

— мектеп директорлары Директорлар кеңеси усынысына тийкарланып аймақлық басқармалар тәрепинен ашық таңлаў тийкарында лаўазымға тайынланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги