2023-2024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў орынларының магистратура қәнигеликлерине қабыллаў бойынша http://magistr.edu.uz электрон системасы арқалы онлайн дизимнен өткен 20 054 пуқараның арзалары толық көрип шығылды.

Дизимнен өткен талабанлардан 9 074 ниң ҳүжжети белгиленген талап дәрежесинде болмағаны себепли тийкарланған ҳалда бийкарланды. Талап дәрежесинде болған 10 980 талабан арзасы таңлаўда қатнасты.

Таңлаў нәтийжелерине бола, 6 393 талабан оқыўға усыныс етилди. Соннан:

мәмлекетлик грант — 3 238;

төлемли-контракт — 3 155.

Төлемли-контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген талабанлардың 2 160 сын ҳаял-қызлар қурайды.

Талабанлар нәтийжелерди http://magistr.edu.uz электрон системасы арқалы жеке кабинетинен билиўи мүмкин.

Еслетпе: Президент қарары тийкарында, жоқары оқыў орынларының магистратура басқышына базалық төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген ҳаял-қызлардың төлемли-контракт суммасы мәмлекетлик бюджет қәрежетлери есабынан қаплап бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги