Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы алдынан орынларда ҳәр қыйлы байрам илажлары, салтанатлы мәресимлер өткерилмекте.

Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы бөлими ҳәм филиалының жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев,  Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов,  Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Урунбаев, аймақ нураныйлары ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәресим қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы ҳәм жаңа имараттың ашылыўы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.



Атап өтилгениндей, соңғы жылларда ҳүкимет тәрепинен кадастр тараўына берилип атырған итибар ҳәм нызамшылықтағы жаңалықлар тараў қәнигелери ҳәм пуқаралар ушын кең мүмкиншиликлер есигин ашпақта.

Жаңа имарат райондағы Моншақлы МПЖ аймағындағы 6 сотых жерге 2 қабат етип салынып,  район халқына сапалы хызмет көрсетиў ушын заманагөй көринисте бой тиклеген.

Қурылыс жумысларына Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының есабынан 2 миллиард 200 миллион сумнан артық қаржы ажыратылған.

Усы күни Қанлыкөл районында да Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-октябрь күнги ПҚ-405 санлы қарарының 3-қосымшасына муўапық,  Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Қанлыкөл районлық филиалының жаңа имаратының қазығы қағылды.


Мәресимге район ҳәкими Б.Султанов,  Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Тлеуов,  Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Урунбаев ҳәм тийисли қәнигелер қатнасып, елимизде әмелге асырылып атырған усындай қурылыс-абаданластырыў жумысларының әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Жаңа имарат ушын Қанлыкөл районындағы Мәденият МПЖ аймағында 6 сотых  жер майданы танлап алынып, қурылыс жумысларына 2.8 миллиард сумлық қаржы ажыратылған.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги