Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен берилген мағлыўматларға бола, 2023-жылы кириў имтиханларында қатнасқан (жәми 888 511) абитуриентлердиң 303 560ы (31,5 процент) улыўма билим бериў мектеплериниң усы оқыў жылындағы питкериўшилери болып есапланады.

Усы питкериўшилердиң 95 497 си (25 проценти) тест сынақларынан табыслы өтип, жергиликли ЖООлардың студенти болған.

Негизи жоқары оқыў орынларына қабыл етилген питкериўшилер буннан да көп, ҳәр жылы орташа 10-15 процент (44 000) питкериўши мәмлекетлик емес ҳәм сырт елдеги ЖООларының студенти болып атыр. Сол себептен, айырым питкериўшилер жеке меншик ҳәм сырт ел ЖООларына кирген ҳәм тест сынақларында қатнаспаған.

Жоқары оқыў орынларына кирген питкериўшилердиң саны жылдан-жылға артып бармақта. Тийкарынан, 2021-жылға салыстырғанда ЖООға кирген питкериўшилердиң саны 14019, 2022-жылға салыстырғанда болса 9628 ге көбейген (2021-жылы 81478, 2022-жылы 85869 питкериўши ЖООға кирген).

Питкериўшилердиң жоқары билимлендириў квотасы ушын ажыратылған мәмлекетлик грант орынларын ийелеў салмағы да жылдан-жылға артып бармақта. Усы жылы мәмлекетлик грант ушын 34930 квота ажыратылған болса, оның 77 процентин (26884 питкериўши) быйылғы мектеп питкериўшилери ийелеген.

Бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 3,5 процентке, яғный 3537 ге көп (2022-жылы 23347 мектеп питкериўшилери грантқа кирген болып, үлеси 73,5% болған).

Питкериўшилердиң билим нәтийжелиги де өткен жылға салыстырғанда унамлы тәрепке өзгерген. Усы жылы орташа балл 77,1 ди қурап, 2021-жылға салыстырғанда дерлик 3 балға, 2022-жылға салыстарғанда 1 балға артқан (2021-жылы 74,2 балл, 2022-жылы 76,3 балл).

Мағлыўмат орнында, жәми абитуриентлердиң орташа балы 66,7ни қураған болса, усы жылы питкериўшилердиң орташа балы 77,1 балды (+10,4) қурамақта.

Сондай-ақ, максимал баллдың 75 процентинен жоқарысын топлап, унамлы нәтийже көрсеткен абитуриентлердиң 68 процент үлеси усы жылғы питкериўшилерге туўра келмекте. Усы жылы 30640 жоқары нәтийже көрсеткен абитуриентлердиң 20873и де мектеп пикериўшилери болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги