Статистика агентлигиниң дәслепки мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-июль айларында Өзбекстан Республикасының сыртқы саўда айланысында жоқары үлеске ийе болған шерик мәмлекетлер (АҚШ долларында):
— Қытай – 6,9 млрд
— Россия – 5,3 млрд
— Қазақстан – 2,5 млрд
— Түркия – 1,9 млрд
— Корея – 1,3 млрд
— Қырғызстан – 632,2 млн
— Германия – 609 млн
— Франция – 518 млн
— Түркменстан – 492 млн
— Аўғанстан – 471 млн
Сыртқы саўда статистикасын жүргизиў методологиясына бола, транзит товарлар, мәмлекетке ўақтынша алып кирилген ямаса оннан ўақтынша алып шығылып атырған товарлар сыртқы саўда статистикасына киргизилмеўи нәзерде тутылған.
Соған бола, киргизилген анықламалардан соң, бажыхана уйымлары тәрепинен Германиядан самолётлар ҳәм ушыў аппаратлары импорты бойынша 274,2 млн АҚШ доллары муғдарында дүзетиўлер киргизилди ҳәм 2023-жылдың январь-июль айларында Германиядан импорт көлеми 482,1 млн АҚШ долларын қурады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги