Бүгин – 2023-жыл 24-август күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының қырқ төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте.

Жалпы мәжилисте бир қатар мәселелерди додалаў режелестирилген. Соның ишинде, «Өсимликлерди қорғаў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине валютаны тәртипке салыўға, ижара ҳәм лизинг қатнасықларын жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине денсаўлықты сақлаў уйымларының жумысы ҳаққында жәмийетшиликтиң хабардарлығын арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» ҳәм «Жер асты ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылады.

Сондай-ақ, мәжилисте Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятлары аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўын үйрениў нәтийжелерин додалаў да режелестирилген.

Норгул Абдураимова, ӨзА