Усы жылдың сентябрь айында Қарақалпақстан Республикасында АҚШтың 22 ҳәм пайтахтымыздағы Балалар миллий медициналық орайының жетекши қәнигелери тәрепинен «Саламатлық айлығы» өткериледи.

Айлық шеңберинде 60 қа шамалас жүрегинде нуқсаны болған балада жоқары технологиялық операциялар әмелге асырылады.

Алдыннан пуқта таярлық көриўди талап ететуғын процесс алдынан Балалар миллий медицина орайының 6 қәнигеси Қарақалпақстан Медицина институтының клиникасына барып, шөлкемлестириў мәселелерин үйренди.

Материаллық техникалық базаны қәлиплестириў, операция өткерилетуғын залларды таярлаў, зәрүр керекли материалларға болған мүтәжлик дәрегин анықлаў ҳәм қәлиплестириў жумыслары басланды.

Сондай-ақ, операцияға мүтәж болған наўқасларды медициналық тексериўден өткерип, сайлап алыўға итибар қаратылмақта.

Пайтахтлы қәнигелер клиникадағы шараятлар менен толық танысып, балалардағы жүрек нуқсанларын анықлаў ҳәм оларға диагноз қойыў жумысларын даўам еттирмекте.

М.Қосимова, ӨзА