Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен республикамызда «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени тийкарында «Мәнаўият фестивалы» өткерилмекте.

Дәслеп, Нөкис халықаралық аэрпортында «Мәнаўият фестивалы» қатнасыўшылары салтанатлы түрде күтип алынды. Буннан кейин, фестиваль шеңберинде Нөкис қаласындағы Жас тамашагөйлер театрында «Жаңа Мойнақ» китап альбомын таныстырыў болып өтти.

Буннан гөзленген мақсет – соңғы жыллары мәмлекетимиздиң ең шетки аймақларынан болған Мойнақ районында жүз берген тарийхый өзгерислер ҳәм дөретиўшилик жумыслары, социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық реформалар нәпеси, жаңаланыў процесслериниң әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, өсип киятырған жас әўладты Ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў болып табылады.

Сондай-ақ, илаж шеңберинде балалардың дүньяға көзқарасын кеңейтиў, китапқа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етиўди үйретиў мақсетинде, «Мениң дәслепки китаплар топламым» жойбары әмелге асырылды.

Соның менен бирге, жаслар арасында Ўатансүйиўшилик ҳәм белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириў, оларға байланыслы мәселелерге қалыс қарым-қатнас жасаў, өз пикирлерин билдириў ҳәм анық түсиндириў көнликпелерин арттырыўға жәрдем бериў ҳәм дурыс бағдарлаў да семинардың баслы ўазыйпаларының бири етип белгиленген.

Соңғы жылларда мәмлекетимизде болып атырған унамлы өзгерислер, миллий үрп-әдетлер ҳәм қәдириятларымызды, мәмлекетимизде жетилисип шыққан уламалардың дөретпелерин динлер ҳәм миллетлераралық кеңпейилликтиң мәнис-мазмунын өмирлик мысаллар, көргизбели қураллар арқалы халыққа әпиўайы ҳәм түсиникли көринислерде жеткериў, жас дөретиўшилер ҳәм жаслар менен, белгили шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият хызметкерлериниң қатнасыўында концерт бағдарламалары, дөретиўшилик ушырасыў ҳәм шайырлар айтысын өткериў арқалы ҳәр бир мәҳәлледе халықтың кеўил кейпиятын көтериў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Фестиваль шеңберинде пайтахтымызда жайласқан Жаслар орайында «Үгит – тәлимде, үгит – тәрбияда, үгит – билимде» атамасында «Мәрипат күни» илажы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов ҳәм бир қатар мийманлар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, кейинги жылларда елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды мақтаныш пенен тилге алып, бундай имканиятлардан барлық жаслар нәтийжели пайдаланыў керекли ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Нөкис қаласы орайында фестиваль қатнасыўшылары ушын көргизбелер шөлкемлестирилип, миллий бақсышылық, мақам ҳәм елимизге белгили жас эстрада қосықшыларының қатнасыўында концерт бағдарламасы болып өтти. Онда түрли бағдарларда нәтийжелерге ерисип киятырған қәбилетли жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды. Миллетлераралық дослық, тынышлықты, ана-Ўатанды жырлаўшы қосық-намалар атқарылды.

Илажда Республика Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы, сенатор М.Ҳожиматов қатнасты.

Фестиваль шеңбериндеги руўхый-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Автордың түсирген сүўретлери)