Ɵзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Кегейли районында «Исбилерменликти рауажландырыўда бизнес модельлериниң орны» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда басқарманың бизнеске оқытыў бөлиминиң баслығы, спикер М.Икметов қатнасыўшыларға  бизнести баслаўда модельдиң әҳмийети, финанслық саўатлылық тийкарлары, актив ҳәм пассив дәрамат, пул  табыўдағы тосқынлықларды жеңип өтиў, табысқа ерисиў cырлары ҳаққында кең түрде түсиник берди.

Сондай-ак, жәмийетимиздиң социаллық ҳәм экономикалык мәселелери бойынша мәмлекетлик ҳәм халықаралық грант жойбарларына ҳүжжетлерди тапсырыў ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Бул семинарды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет-исбилерменлик субъектлериниң билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў, бизнеске қызығыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик тараўында жасларға ҳәм исбилерменлерге жаратылған мүмкиншиликлерди кең түрде үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Семинарда қатнасыўшылар исбилерменлик бойынша билимлерин беккемлеп, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги