Нөкис қаласындағы Жолшылар мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан «Қарақалпақ аўылы» дем алыў орайында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына арналған «Өзбекстан – улыўма үйимиз!», «Миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик – жәмийет турақлылығының гиреўи!» сүрени астында мәденият ҳәм дослық фестивалы, «Миллий кийимлер – руўхыйлық айнасы» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, қәнигелери, Нөкис қаласындағы 2-cектор аймағында жайласқан 18 МПЖ ның белсендилери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде диний кеңпейиллик ҳәм миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, өз-ара ҳүрмет, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың әҳмийетин айрықша атап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде барлық миллет ўәкиллери татыў жасамақта. Ҳәмме бирдей ат салысып, бар күш-жигерин жумсап, халқымыздың абаданлығын еле де арттырыў ушын ҳәрекет етпекте.

Илаж жазыўшы-шайырлар, мәкан пуқаралар жыйынларының абырай-итибарға ийе нураныйлары, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери ҳәм белсендлериниң «Елимизде барлық миллет татыў жасайды» руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсият сейили менен басланды.

Қатнасыўшылар бул жерде «Үрп-әдет ҳәм қәдириятлар – миллет айнасы!» сүрени менен көргизбеге қойылған ҳәр қыйлы миллетлердиң айрықша мәденияты, көркем өнери, үрп-әдетлери, дәстүрлерин сәўлелендириўши туўысқан халықлар сүўретшилериниң дөретпелерин ҳәм фото-сүўретлерин, өнерментшилик үлгилери, жазыўшы ҳәм шайырларының дөретпелерин тамашалады.

Сондай-ақ, илажда мәкан пуқаралар жыйынларынан келген қыз-келиншеклердиң миллий қәдириятларды өзинде сәўлелендириўши липасларының ҳәм миллий тағамларының көргизбелери шөлкемлестирилип, нан жабыў, баўырсақ писириў, тақан түйиў, гөже қайнатыў, қарма қарыў жумыслары әмелге асырылды.

Соның менен бирге, илаж даўамында мәҳәллелердеги кем тәмийинленген шаңарақлардың неке тойы, сүннет тойы, бесик тойы ҳәм тусаў кесиў тойлары да шөлкемлестирилди.






















Илажда бир қатар мәҳәлле белсендилери хошаметленип, Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.





Илаж бир аўылда бас қосқан туўысқан халықлардың миллий қосықлары, ойын-заўық ҳәм мәдений илажлары менен даўам етти.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги