Өзбекстан Республикасы Президентиниң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары мүнәсибети менен Баку қаласында еки мәмлекеттиң 250 ден артық жетекши компанияларының ўәкиллери қатнасыўында бизнес-форум болып өтпекте. Бул форумда Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң ўәкиллери де қатнаспақта.

Бул ҳаққында баспасөз хызмети хабар берди.

Форумда энергетика, металлургия, қала қурылысы, фармацевтика, электротехника, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, сондай-ақ, нефть-газ санааты бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында белгиленди. Өзбекстан-Әзербайжан инвестициялық компаниясының жәрдеминде металл буйымлар, фармацевтика өнимлери, турмыслық техника ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы қоспа кәрханалар шөлкемлестириў бойынша анық усыныслар билдирилди.

2022-жылы Өзбекстанда ислеп шығарылған 2,5 миллион долларлық фармацевтика өнимлери Әзербайжанға экспорт етилген болса, 2023-жылдың биринши ярым жыллығында бул көрсеткиш 128 процентке артқан. 2024-жылы экспорт көлемин 4 миллион долларға жеткериў күтилмекте.

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (Өзбекстан) ҳәм Экспорт ҳәм инвестицияларды хошаметлеў агентлиги (Әзербайжан) менен фармацевтика тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққында Түсинисиў меморандумына қол қойылды. Өзбекстанда фармацевтика санаатын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар тән алынды.

Усы мақсетте Әзербайжан Экспорт ҳәм инвестицияларды хошаметлеў агентлиги тәрепинен еки мәмлекет исбилерменлерин тартқан ҳалда Әзербайжанда инсулин, антибиотиклер, жоқары технологиялы медициналық техника ислеп шығарыўды жолға қойыў усынысы билдирилди.

Өзбекстан-Әзербайжан бизнес-форумы еки мәмлекет арасында пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди. Шерикликти беккемлеў жолындағы бул баслама ҳәм нәтийжелер әлбетте, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында фармацевтика тараўын раўажландырыўда әҳмийетли фактор болады.

М.Қосимова, ӨзА