Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-сентябрьдеги «Ижара ҳуқықы тийкарында жасап атырған студентлер тәрепинен төленетуғын ижара төлемлерин қаплап бериў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, 2021-жыл 1-майдан баслап жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм өзине, соның ишинде, ата-анасы (нызамлы ўәкиллери)на тийисли болмаған турақ жайда ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаплап берилетуғыны белгилеп қойылған.

Бул нызам енди ғана студентликке усыныс етилгенлер ушын да әмел ете ме?

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң мағлыўматына бола, студентликке усыныс етилгенлер мәмлекетлик ЖБМлардың студентлер турақ жайына жайласыўы ушын Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы электрон арза жибериўи мүмкин. Онда биринши басқыш студентлеринен сентябрь ҳәм октябрь айлары ушын ижара шәртнамасы талап етилмейди.

Сондай-ақ, усы жылдағы жаңа тәртипке бола, студентлерге айлық ижара төлеминиң бир бөлеги ижара суммасына қарамастан Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының бир есеси (330 мың сум), қалған аймақларда – базалық есаплаў муғдарының ярым есеси (165 мың сум) муғдарында әмелге асырылады.

Ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесинде «Студентлер турақ жайлары ҳәм ижара үйлери бойынша мағлыўматлар орайы» шөлкемлестирилген болып, онда студентлер турақ жайлары ҳәм ижара үйлери ҳаққында мағлыўматлар алыў имканияты жаратылған. Усы жылы усы орайларымыздың жәрдеминде студентлердиң өз ўақтында турақ жай (жатақхана ямаса ижара үйлери) менен тәмийинлениўи қадағалаўға алынған.


Муҳайё Тошқораева, ӨзА