Усы жылдың 3-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамына бағышланып елимиздиң 16 қаласы бойлап Орайлық Азиядағы ең үлкен марафонлардың бири –«Жаңа Нәпес» халықаралық жуўырыў жарысы болып өтеди.

Нөкис қаласында жайласқан «Технопарк» жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери ҳәм спорт министрлиги тәрепинен республикамызда жумыс алып барып атырған журналист ҳәм блогерлер ушын спорттың жеңил атлетика түринен маман қәнигелердиң қатнасыўында «Жаңа Нәпес» жуўырыў жарысының өткерилиўине бағышланған пресс-конференция болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери ҳәм спорт министрлигиниң бөлим баслығы Икрам Қудияров ҳәм Өзбекстан Республикасы Жеңил атлетика федерациясының  Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Толыбай Арзыбеков бул жарыстың өткерилиў тәртиби, болатуғын орны, қатнасыўшылардың саны, жол ҳәрекети  қәўипсизлигин сақлаў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў орынлары туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Соны да айтып өтиўимиз керек, елимиздиң барлық аймақларында өткерилетуғын бул жарысқа 9 жастан баслап ҳәр қыйлы жастағы ҳәўескер ҳәм профессионал спортшылар менен бирге саламат турмыс тәризи ықласбентлери де қатнасыўы мүмкин.

«Жаңа Нәпес» жуўырыў жарысының рәсмий сүрени «Бир ўатанда, бир ўақытта, бир аралыққа, бир мақсетте – бирге жуўырамыз!» деп аталады.

-Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, халқымызды ғалабалық спортқа тартыў ҳәм олар арасында саламат турмыс қәлпин қәлиплестириў, соның менен бирге, Ўатанымыз ғәрезсизлгиниң 32 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў болып табылады,-дейди министрликтиң бөлим баслығы Икрам Қудияров- Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, дәстүрий түрде әҳмийетли мәмлекетлик сәнелер ҳәм халық аралық спорт илажларына бағышланып өткерилип киятырған «Жаңа нәпес» ғалабалық жуўырыў жарысы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2019-2023 жылларда физикалық тәрбия ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў концепциясы» ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўының айқын дәлийли болып табылады.

Жарыс 3-сентябрь күни саат 6:30 да Нөкис қаласы «Өзбекстан гүзары» (бурынғы Төрткүл гүзары) көшесиниң 21-киширайон тәрепинен басланып, И.Кәримов көшеси бойындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары желбиреп турған орайлық майданда тамамланады.

Жарыс қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Жеңил атлетика федерациясының  Қарақалпақстан бөлими хызметкерлери тәрепинен дизимге алынып, оларға еки күн алдын жарыстың эмблемасы түсирилген футболка, кепка, сумка ҳәм номерлер тарқатылады. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен арнаўлы қаржылар ажыратылған.

Илажда журналист ҳәм блогерлер тәрепинен шөлкемлестириўшилерге жарысты өткериў ҳәм баҳалаў тәртиби бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы