Рәсмий my.gov.uz порталында «ЖООлардың студентлер турақ жайына жайласыў ушын арза жибериў» хызмети иске қосылды. Бул ҳаққында Бирден-бир портал рәсмий телеграмм бетинде мәлим етилди.

2023-2024-оқыў жылында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ҳәзир my.gov.uz порталы арқалы жоқары билимлендириў мәкемелери жатақханаларына жайласыў ушын онлайн арза жибериўи мүмкин.

Арзаны көрип шығыўда түрли жеңилликлер ҳәм үстинликлер есапқа алынады. Бул дизим менен арза толтырыў процесинде танысасыз.

Сондай-ақ, жеңилликке ийе болмаған студентлерге арнаўлы гезек номери бериледи. Жатақханада бос орынлар болса, усы номер тийкарында турақ жай ушын жоллама бериледи.

Атап өтилиўинше, быйылғы оқыў жылында бул хызметтен тек ғана 1-басқыш студентлери, кейинги оқыў жылынан болса барлық студентлер пайдаланыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги