Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы тийкарында «Ең жақсы профилактика инспекторы», «Ең жақсы тергеўши», «Ең жақсы оператив хызметкер» номинациялары бойынша таңлаў өткерилди. Ишки ислер уйымлары хызметкерлери жумысын буннан былай да хошаметлеў, Ўатан алдындағы айрықша ўазыйпасын орынлаўдағы хызметлери ушын оларды мүнәсип сыйлықлаў, хызметкерлер арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, өз кәсибиниң ең жақсыларын анықлаў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўдың дәслепки басқышында қатнасыўшылар физикалық ҳәм жаўынгерлик таярлық бойынша белгиленген шәртлерден өтти.

Қатнасыўшылардың билим дәрежесин анықлаў мақсетинде электрон тест сораўлары да өткерилди. Хызметкерлердиң интеллектуаллық коэфициенти ҳәм индивидуал психологиялық қәбилети дәрежесин анықлаўға қаратылған сораўлар да таңлаў шәртлеринен орын алды.

Жуўамақлаўшы басқышта қатнасыўшылар өз тараўлары бойынша берилген сораўлар бойынша сәўбеттен өтти. Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланып, министрлик тәрепинен диплом ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы