Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – 980 000 сум

базалық есаплаў муғдары – 330 000 сум;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 347 000 сум;
________

жасқа байланыслы ең аз пенсия – 677 000 сум;

майыплық пенсиялары, сондай-ақ жумыс стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең аз муғдары – 747 000 сум;

мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық пенсиясы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын пенсия – 747 000 сум;

белгиленген жасқа тийисли ең аз пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары – 747 000 сум;
________

зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын пенсия – 568 000 сум;

жумыс стажы толық болмаған жасқа тийисли пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 568 000 сум;

басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың бағыўы менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине берилетуғын пенсия муғдары — айына 568 000 сум;

бағыўшысынан айырылған пенсиясын алыўшылардың биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсия муғдары — айына 568 000 сум ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын — 198 000 сум;

бағыўшысын жоғалтқаны ҳаққындағы пенсияны алыўшылардың биреўи мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары — айына 568 000 сум ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамайтуғын шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.

Тийкар: Өзбекстан Респуликасы Президентиниң ПП-45-сан ҳәм ПП-120-сан Пәрманлары

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги