Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, арзаны my.uzbmb.uz сайты арқалы (абитуриенттиң жеке кабинетинде) онлайн тәризде 31- августқа шекем тапсырыў мүмкин.

Абитуриент апелляция шағымын бериўи ушын тест сынағында қатнасқан ҳәм тест сынағынан шетлетилмеген болыўы керек.

Арза берген абитуриентке оны көрип шығыў сәнеси ҳәм ўақты көрсетилген хабар жибериледи.

Абитуриент хабарда белгиленген ўақытта шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет, хабар ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигине барыўы керек.

Апелляция шағымларын көрип шығыў 2023-жыл 24-августтан басланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги