Қазанда жасалма интеллектке ийе диагностика кресло орайы шөлкемлестирилди. Оқытылатуғын жасалма интеллект пенен үскенеленген аппарат комплекси ислеп шығылған болып, онда мыңлаған клиникалық мағлыўматлардан ибарат кең мәлимлеме китапханасы бар. Модел «Өлмеў капсуласы» деп аталған.

Татарстанлы илимпазлар ҳәм шыпакерлер инсан өмирин 150 жылға шекем узайтатуғын ақыллы капсуласын (жеке шыпакер) жаратты. Амотел 24 ойлап табыўшылары әллеқашан патентти дизимнен өткериў ушын арза берген ҳәм дәслепки 3  модел Дубайға экспорт етиледи.

Система басымнан тысқары, пульс, температура, көз иши басымы, териниң жағдайы ҳәм қандағы кислород муғдары, қант муғдары, қан айланыў ҳәм нерв системаларының жағдайын диагностика етеди, сондай-ақ, алынған мағлыўматлардың улыўма анализине тийкарланып, ол денениң улыўмалық жағдайын көрсетеди ҳәм саламат өмирди узайтыўы мүмкин болған кеселликлердиң қәўипин прогноз етеди.

Кресло-капсуланың аўырлығы – 347 кг. Баҳасы 129 мың доллар.

Ислеп шығыўшылардың айтыўынша, VR капсуласы пайдаланыўшыға тийкарланған ҳалда, ҳәр бир наўқас ушын шыпакер, исенимли, дос ҳәм психологтың визуализациясына айланатуғын өзгеше 3D аватар түрин таңлайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги