Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң тийисли буйрығы менен 2023-2024-оқыў жылынан баслап жәми 208 улыўма орта билимлендириў орынларында 10-класстан баслап оқыўшыларды бир кәсип-өнерге үйретиў жумыслары әмелге асырылады.

Оқыўшыларға үйретилетуғын бир кәсип-өнер түри ҳәм олардың әмелияты жолға қойылатуғын улыўма орта билимлендириў орынлары дизими қәлиплестирилди.

Оған бола,

— улыўма орта билим бериў орынларында «Кәсиплик тәлим» пәни ушын ажыратылған оқыў саатлары оқыўшыларға үйретилетуғын кәсип-өнер түринен келип шыққан ҳалда бөлистириледи.

Таңлап алынған 208 мектепте оқыўшылардың қызығыўшылығынан келип шығып, төмендеги 3 бағдарлардан бири бойынша кәсип-өнер үйретиледи:

— жумысшы кәсиплер (аймақтың социаллық-экономикалық өзгешелигинен келип шығып, исбилермен ҳәм өнерментлер қамтып алынған ҳалда 64 түрде),

— исбилерменлик (21 түрдеги өндирислик ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары бойынша),

— заманагөй кәсиплер (10 нан артық мәлимлеме технологиялары ҳәм креатив индустрия бағдары бойынша),

Мағлыўмат ушын, 2023-2024-оқыў жылында 17 мыңнан аслам улыўма орта билимлендириў орынларының 10-класс оқыўшылары кәсип-өнерге үйретиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги