Республикамыздың алға қарай илгерилеўи ҳәм раўажланыўында белсенди нураныйлардың тутқан орны айрықша. Олардың түрли тараўларда ислеген көп жыллық мийнетлериниң нәтийжесинде, елимиз бүгингидей абадан турмысқа еристи. Төримиздиң жарасығы, үйимиздиң периштеси болған кекселеримизди қанша ҳүрмет көрсетсек де аздай түйиледи.
Нөкис қаласында жайласқан пайызлы орынлардың биринде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы алдынан үш әўлад ўәкиллериниң дийдарласыўы болып өтти.
Ушырасыўға республикамыздың барлық район ҳәм қалаларынан келген узақ жыллар даўамында халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет еткен ветеранлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиӊ раўажланыўының өзлериниң салмақлы үлесин қосып киятырған бир топар нураныйлардыӊ үлгили ислерин айрықша тилге алды ҳәм барлық илаж қатнасыўшыларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.
Соңынан елимиз раўажланыўына салмақлы үлес қосқан бир қатар ветеранларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң көкирек белгилери ҳәм баҳалы саўғалары, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының I-II-дәрежели «Мийнет ветераны» көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажда жасы үлкен әўлад ўәкиллери жаслар менен пикир алысып, жаслық күш-ғайратын қайта сезингендей болды десек алжаспаған боламыз. Нураныйлардыӊ үгит-нәсиятлары жасларды жақсы инсан болып жетилисиўге, тереӊ билим алыўына ҳәм усы арқалы елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға бағдарлайды.
Дийдарласыў кешеси көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы