Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2023-жылдың январь-июль айында 54 783 жаңа кәрхана ҳәм шөлкемлер (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) шөлкемлестирилген.
Жаңадан иске түскен кәрхана ҳәм шөлкемлердиң экономикалық жумыс түрлери бойынша саны:
саўда тараўында – 20 437;
санаат тараўында – 8 944;
аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўында – 6 135;
жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хизметлер тараўында – 3 484;
қурылыс тараўында – 2 966;
тасыў ҳәм сақлаў тараўында – 2 578;
мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында – 1 792;
денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хизметлер көрсетиў тараўында – 858;
басқа тараўларда – 7 589.
Қарақалпақстан хабар агентлиги