ӨзЛиДеП Әмиўдәрья районлық Кеңеси тәрепинен мәмлекетлик ғәрезсизликтиң 32 жыллығы мүнәсибети менен «Исбилерменликке дәслепки қәдем» атамасында өз исбилерменлигин жолға қойған жас исбилерменлер менен орынларға шығып ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Ушырасыўларда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде соңғы жылларда исбилерменлер ушын кредит, субсидия алыў, лицензия, көшпес мүлк ҳәм ресурсларға ийелик етиў сыяқлы мәселелерде көплеген жаңа мүмкиншиликлер ҳәм шараятлар жаратылды. Артықша тексериўлер, нақ пул, валюта ҳәм шийки зат бойынша әмелдеги шеклеўлер алып тасланды. Ең тийкарғысы – халқымыздың, мәмлекетлик уйымлардың исбилерменлерге мүнәсибети өзгерди. Жәмийетте олардың абырайы ҳәм позицияси күн сайын артып бармақта. Нәтийжеде ишки ҳәм сыртқы базарда өзиниң ылайықлы орнына ҳәм брендине ийе ҳақыйқый исбилерменлер топары қәлиплесе баслады. Экономикамыздың локомотивине айналған исбилерменлер ушын жаратылған мүмкиншиликлер ҳәм шараятлар, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, әсиресе, өткен жылдан баслап август айының 20 сәнеси «Исбилерменлер күни» деп белгилениўи усы реформалардың нәтийжеси екенлиги атап өтилди.
Райондағы жас исбилерменлердиң арасында Нодира Хайтимбетова да бар. Ол өз исбилерменлик жумысын баслағанына еле көп болмаған. Партияның районлық Кеңеси ҳәм тийисли тараў ўәкиллери жас исбилермен қыздың жумыслары менен жақыннан танысты. Жас исбилермен қыздың алдына қойған мақсетлери еле көп екен. Алдағы ўақытлары жумысын және де кеңейтиўди ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўды нийет еткен.
– Гөззаллық салонын ашыў ушын Шайкөл АПЖ дағы ҳәким жәрдемшиси ҳәм жаслар жетекшисиниң жәрдеми менен 30 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алып, өз жумысымды басладым,-дейди Нодира Хайтимбетова. – Ҳәзирги күнде салонымда еки жас жумыс менен тәмийинленген.
Ушырасыўлар даўамында жас исбилерменлер менен пикир алысыўлар өткерилип, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги