2023-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында экономикалық судлардың өндирисиндеги биринши инстанция судында улыўма 7942 ис болып, соннан судлар тәрепинен 6431 ис көрилип тамамланып, олардың 4450 и, яғный 69,2 проценти қанаатландырылды.
Көрилген ислер ис категориясына қарап, 2981 ис пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар, 2328 ис ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлар, 414 ис кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы, 9 ис корпоратив қатнасықлар менен байланыслы болды.
Өткен жылдың 6 айлық дәўири менен салыстырғанда банклердеги есап-бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў менен байланыслы ислер 13,5 есеге, коммунал хызмет көрсетиў шәртнамасына байланыслы ислер 2,6 есеге, банкрот деп табыўға байланыслы ислер 1,6 есеге көбейген болса, қамсызландырыў шәртнамасына байланыслы ислер 85,4 процентке, өним жеткерип бериў шәртнамасына байланыслы ислер 49,6 процентке, кредит шәртнамасына байланыслы ислер 43,2 процентке азайған.
Шәртнама шәртлерин ҳәм төлеў интизамын бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына 11 ҳәкимшилик, 5 материаллық,
28 интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы ҳәм 11 басқа түрдеги суд тәсир шаралары қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен Мәжбүрий орынлаў бюроларына орынлаў ушын жәми 13.827.331.529 сумлық 3977 орынлаў ҳүжжетлери орынлаўға жиберилген болып, соннан 4.936.499.370 сумлық 1624 орынлаў ҳүжжетлери әмелде орынланды.
Исбилерменлик субъектлерин ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерди ҳуқықый жақтан қорғаў, олардың ҳуқықый мәдениятын көтериў мақсетинде ғалаба хабар қуралларында жәми 123 мәрте шығыўлар әмелге асырылған. Соннан 26 мәрте телевидениеде, 27 мәрте радиода, 18 мәрте газеталарда, 4 мәрте журналларда, 48 мәрте веб-сайтларда материаллар берилип, халық арасында 74 мәрте аўыз-еки ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен 13 мәрте суд әмелияты бойынша улыўмаластырыў өткерилди. Нызам ҳүжжетлери, Пленум қарарларын жетилистириў бойынша 14 усыныс берилди.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларына 6 ай даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 47 мүрәжат үйренилип, оларға нызамлы мүддетлерде тийкарланған жуўаплар берилди.
Буннан тысқары, экономикалық судлары баслықларының көшпели ҳәм суд имаратларында өткерилген жеке қабыллаўларында жәми 89 пуқара қабылланды.
Бул жумыслардың барлығы әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, суд әмелиятын улыўмаластырып барыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын көтериў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажлар болып, халықтың тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын хызмет етеди.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Баҳрам Қтайбеков,
Қарақалпақстан Республикасы судының
экономикалық ислер бойынша
судлаў коллегиясы баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.