Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары, Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр, дилмаш Янгибой Қўчқаров пенен сәўбет

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары түркий халықлардың ҳәм Орайлық Азия халықларының тарийхы, цивилизациясы, тили, әдебияты үйлесикли екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

– Жүдә дурыс. Өзбек, қазақ, қырғыз, қарақалпақ халықларының әдебият тарийхы да бир неше үлкен шынардың бир-бири менен тутасып кеткен тамырларына уқсайды. Мәселен, Қашқарий дәўиринде Мүйтен шайыр, Сайфи Саройи дәўиринде Соппаслы Сыпыра жыраў, Лутфий дәўиринде Асан шайыр дөретиўшилик пенен шуғылланған. Итибарға ылайық тәрепи сонда, Муйтен шайырдың мийрасын, Соппаслы Сыпыра жыраў термелерин ҳәм Асан Қайғының айтысларын қарақалпақлар да, қазақлар да, қырғызлар да теңдей жақсы көреди. Жигирмаланшы әсирдиң екинши ярымында Шынғыс Айтматов феномени пүткил Орайлық Азия халықлары мәдениятының тийкарында қәлиплесип, шығармалары дүньяның 128 елинде 176 тилде басылып шықты.

Биз сиз бенен Шыңғыс Айтматов ҳәм қарақалпақ әдебияты темасында сәўбетлеспекшимиз. Усы жерде Шыңғыс Айтматовты соның менен бирге әдебий жанр жөнелисинде оның зәңгилес заманласы Төлепберген Қайыпбергеновты қырғыз ҳәм қарақалпақ әдебиятының улыўма тарийхынан ажыратып алыўдың имканы жоқ. Әжинияз ҳәм Бердақ пенен Доғалақ Молла ҳәм Тоғтағул, Жолмурза Аймурзаев ҳәм Тилеўберген Жумамуратов пенен Аали Тўқумбаев ҳәм Алиқул Усманов, Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов пенен Шыңғыс Айтматов ҳәм Түгелбай Сыдықбековлардың көп қырлы дөретиўшилиги бири-бирине үйлесикли болып табылады.

– Сиз қарақалпақ ҳәм қырғыз әдебиятының ири ўәкиллериниң исмлерин тегин келтиргениңиз жоқ. Қарақалпақ китапқумарына Тоқтағулдың әдебий мийрасы қаншелли қәдирли болса, қырғыз көркем сөз ықласбентине Бердақтың қосықлары менен дәстанлары да соншелли ардақлы.

– Мен усы жерде еки әдебий әнжуманнан салыстырма келтирмекши едим. Гәп сонда, Шыңғыс аға 1997-жылдың ерте бәҳәринде Нөкиске уллы Бердақтың 150 жыллық мерекесине келди. Оның әзиз досты, устаз Ибрайым аға Юсупов болса 1989-жылдың 4-октябринде уллы Тоқтағулдың 125 жыллық салтанатына қатнасты. Шыңғыс аға устазымызды өзи, белгили сөз зергерлеринен рус – Михаил Дудин, балқар – Қайсин Қулиев, башқурт – Мустай Карим, қалмақ – Даўыт Қуғилтинов, авар – Расул Гамзатов, қазақ – Муҳаммеджан Қаратаев, өзбек – Абдулла Ориповтан ибарат дослар дөгерегине алып кирди.

Ибрайым аға қырғыз халқына, атап айтқанда, қәдирдан досты Шыңғыз Айтматовқа онға шамалас қосық бағышлаған. Руқсат етсеңиз, «Қырғызларға» атлы қосығынан бир шуўмақ келтирип өтсем:

Еки Шыңғыс ийеледи елимди,

Биреўин мен жақтырмайман өлгенше.

Екиншисин – ашып жүрек төримди,

Сағынаман, асығаман көргенше.

Шыңғыс аға Бердақтың 150 жыллық салтанатында қатнасқаннан соң, ертеңине Төрткүлде китапқумарлар менен ушырасыў өткерди. Сонда балалар дөретиўшилик орайының басшысы Д.Сейтниязова, 1-санлы мектептиң оқыўшысы И.Матякупов жазыўшының сораўларына тақылдап жуўап қайтарған еди. Исламбек «Мен «Ыразы бол, Гүлсары»ны оқығанымда аттың көзиндеги қайғыны көрдим!» дегенинде жазыўшы оның басын сыйпаған, Зулхумар исмли оқыўшы «Сәрўи бойлы дилбарым» повести ҳаққында тәсирленип айтып берген еди. Еле күнлер жылымағаны ушын Шыңғыс аға қундыз терили дөңгеленген телпекте еди. Қуўанышқа толы жүзинен нур жаўылып туратуғын еди. Арадан 20 жыл өткеннен соң, «Түркстан» сарайында қарақалпақ шайыры Әбилқасым Өтепбергенов ҳәм әзиз инимиз Ықбал Мырзаны мақтағанында да оның жүзинде сол нурды көргенмен. Жазыўшының Өзбекстанға, Қарақалпақстанға ҳәр бир сапар етиўи байрамға айланатуғын еди.

– Көпшиликке белгили, сиз Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары сыпатында қарақалпақ жазыўшыларының дөретпелерин өзбек китапқумарына жеткериўде көлемли жумысларды атқарып киятырсыз. Кейинги ўақытта туўысқан қазақ әдебиятынан аўдармалар ислеп, китаплар таярладыңыз. Ол әлбетте, отыз жыл даўамында қарақалпақ жазыўшыларына жетекшилик еткен белгили жазыўшы Төлепберген Қайыпбергенов тәрепинен қоллап-қуўатланған жумыслар. Төлепберген аға менен Шыңғыс ағаның дослығы ҳаққында не дей аласыз?

– Бул еки дос әдебият әлемине бир ўақытта кирип келген. Төлепберген ағаның туңғыш повести – «Секретарь» 1956-жылы Әмиўдәрья журналында, Шыңғыс ағаның биринши повести – «Жүзбе-жүз» 1957-жылы «Алатаў» журналында басылған еди. Т.Қайыпбергенов 1959-жылы «Муғәллимге рақмет» повестин жәриялаған болса, 1961-жыл Шыңғыс Айтматов усы темадағы «Биринши муғәллим» повестин шығарады. Шыңғыс аға оны дүньяға танытқан «Жәмийла» повестинде қырғыз ҳаялының машақатлы турмысын сәўлелендирсе, Төлепберген аға «Қарақалпақ қызы» дилогиясында қарақалпақ ҳаял-қызларының мақтанышлы турмысын қәлемге алады. Екеўи де белгили устаз жазыўшы Абулла Қаҳҳардың қоллап-қуўатланыўына миясар болады.

Еки дос жазыўшы жәмийетлик жумысларда да бир-бирине ийинлес еди. Т.Қайыпбергеновтың басламасы менен 1993-жылдың 31-мартында Түркстан жеринде түркий тиллес әдебиятлар ўәкиллериниң декларациясына қол қойылса, 1996-жылдың жуўмағында Шыңғыс Тоқтағуловичтың басшылығында Орайлық Азия халықлары мәдениятлары ассамблеясы дүзилди. Шыңғыс Айтматов ассамблея Президенти, Төлепберген Қайыпбергенов фондтың басқарма баслығы етип сайланды. Екеўи бир қатар регионларда өткерилген халықаралық әдебий әнжуманларға бирге қатнасқан еди. Еки дос, еки жазыўшы, еки депутат бурынғы аўқам халық депутатлары қуралтайында Орайлық Азияның экологиялық мәплерин жақлап шығып сөйлегени бәршемиздиң ядымызда. Ең тийкарғысы, олар бир-бириниң дөретиўшилигин шын жүректен қәдирлейтуғын еди. 1998-жылдың 4-ноябринде «Правда Востока» газетасында Шыңғыс ағаның Т.Қайыпбергеновқа жоллаған дослық хаты жәрияланды. Ол былай басланатуғын еди:

«Қәдирли достым»!

Ҳәр қыйлы себеплерге бола сениң «Қарақалпақ дәстаны»ңды толық оқып шығыўға ҳеш ўақыт табалмайтуғын едим. Ақыры, кеше ғана китабыңды ақырына шекем ҳәз етип оқыдым. Расын айтсам, соңғы жыллары, әсиресе, өзим ислеген ўақытларым тәғдир инам еткен өмирдиң ҳәр бир минутын қәстерлеп сақлаўға, ҳәттеки оқыўдан да өзимди тыйыўға ҳәрекет етип атырман. Нәзеримде, өзиң де тап сондай тәшўиште жүрген болсаң керек. Бизиң жасымызға жеткен адамлар (жаңылыспасам, келеси жылы сен де 70 жасқа толасаң) көбирек жумыс ислеўди қәлейди. Соған қарамастан, сениң «көпшиктей» трилогияңды оқып шықтым. Оқығанда да оғада қызығып, шынын  айтатуғын болсам, ҳәз етип оқыдым…»

Устаз Төлепберген Қайыпбергенов 1999-жылдың 25-мартында Шыңғыс Айтматов туўылғанының 70 жыллығы мүнәсибети менен ЮНЕСКО тәрепинен Парижде өткерилген әнжуманда досты ҳаққында былай деген еди:

«ЮНЕСКОның қәўендерлигинде өткерилип атырған, бәршемиз жақсы көрип тилге алатуғын Шыңғыс Айтматовтың дөретиўшилик жумысына бағышланып дүньяның көпшилик еллериниң ўәкиллериниң қатнасыўында шөлкемлестирилген бүгинги халықаралық әнжуман, мениң нәзеримде, инсаният цивилизациясының бир-бирине жақынласыўында, дүньяны Шығыс ҳәм Батыс деп бөлиўге әдетленип қалған көнликпелерге шек қойыўға қаратылған нық қәдемлерден бири болғаны анық. Шыңғыс Айтматовтың дөретиўшилик жумысы жаңа мың жыллықтың босағасында әне, сондай аўызбиршиликтиң нәтийжели және айқын тәризде жүзеге шыққанына айқын мысал бола алады…»

– Жоқарыда уллы жазыўшының әжайып дөретпелери 176 тилде басып шығарылғанын атап өттиңиз. Олардан бири сулыў ҳәм тартымлы қарақалпақ тили екени тәбийғый. Жазыўшының шығармаларын аўдарма ислеўде қайсы жазыўшылар жанкүйерлик көрсетти?

– Шыңғыс ағаның шығармаларын қарақалпақшалаўда үш мийнеткеш аўдармашы – Узақбай Пиржанов, Сапарбай Салиев, Алпысбай Султанов салмақлы жумысларды атқарды. Олардың ҳәрекетлериниң нәтийжесинде, белгили жазыўшының романлары, повестлери, гүрриңлери «Әмиўдәрья» журналы және бөлек китаплар арқалы қарақалпақ китапқумарларына жетип барды. Және бир әҳмийетли фактор бар, бүгинги алдынғы қарақалпақ роман ҳәм повесть дөретиўшилеринен Оразбай Абдураҳманов, Муратбай Нызанов, Кеңесбай Алламбергенов, Кеңесбай Каримов, Шарап Уснатдинов, Бекназар Ерназаров, Алланазар Әбдиев ҳәм басқалар дүнья әдебиятының ең сайланды дәстүрлери менен бир қатарда Шыңғыс Айтматовтың шеберлик булағынан суў ишпекте.

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарын оқып, кеўлиңизде қандай сезимлер оянды?

– Шыңғыс Айтматовтың әдебий мийрасы ҳәзирги заман дүнья прозасының ең бийбаҳа бетлеринен бири болып табылады. Қарардың орынланыўы жазыўшының шығармаларын бәршемизге, биринши гезекте интернет әсири жасларына жақынластырады. Мен сизге Шыңғыс ағаның барлық шығармаларының қаҳарманларын айтып бериўим мүмкин. Бәлким ерси түйилер: Бирақ әдебият оқытыўшыларынан, ҳәттеки, аўқамымызға ағза болған жазыўшылардан бир бөлеги сол шығармалардың айырымларының атын да билмейди. Бизге Әлийшер Наўайы, Мақтумқулы Пырағий, Абай Қунанбаев, Тоқтағул Сатылғанов, Бердақ Ғарғабай улы, Ахмед Данш мийрасы ҳәр күни керек болғанындай, Абдулла Қадрий, Мухтар Әўезов, Берди Кербабаев, Сатым Улығзада, Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм әлбетте Шыңғыс Айтматовтың шығармалары да бир өмирлик руўхый азық болыўы лазым.

ӨзА ның хабаршысы

Озада БЕКМУРАДОВА

сәўбетлести