Бүгин – 2023-жыл 4-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта. Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылмақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Онда бир қатар нызамлар ҳәм басқа да мәселелер додаланыўы күтилмекте.

«Гидротехника имаратларының қәўипсизлиги ҳаққында», «Суд қарарларының нызамлылығы, тийкарланғанлығы ҳәм әдиллигин тексериў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуаллық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине крипто-активлер айланысы тараўында лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары системасын жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, «Адвокатура ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 31-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында», «Волонтёрлық жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 43-статьясына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында», «Ветеринария ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамларды көрип шығыў режелестирилмекте.

Буннан тысқары, дәрьяларлардың аңғарларын тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, рудалық емес пайдалы қазылмаларды қазып алыўдың қоршаған орталық, суў ҳәм жол хожалығы объектлерине унамсыз тәсири бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланады.

Жалпы мәжилис усы жылдың 4-5-август күнлери өткерилиўи режелестирилген.

Жалпы мәжилисте көрилетуғын барлық мәселелерди сайтымызда сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

Н.Абдураимова,

ӨзА